ШЫПА
Қарақалпақша
ат. Ем, даўа.
1. «Неде болса, шыпа болсын!» деп суўықдемин алды (А.Садықов).
2. Жанғазының канлы майданға атланар алды алты қанатлы үйге бир өзи сыймай пошалап, ингендей кайысып, ботадай бозлап отырған Назлы кемпир жүрегиндеги дәртине усыннан басқа шыпа таба алмады ма, ким билсин, қыза келе айтынып жылады (К.Султанов).