⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ШОҚҚЫ

Қарақалпақша

ат. Таўдың бийик жери, басы. Алысырақта бәлентлик үстинде минарларының оқ ататуғын тесиклери қарайып көринген беккем қорған, оннан да бийикте, таў шоққысына мегзейтуғын, сүйир формадағы тағы бир бекинис көзге тасланады (К.Кәримов). Ол өмириниң ишинде бул қумлыққа талай мәртебе келип, бийик шоққысынан айланаға нәзер таслап, көп-көп қыяллар сүрген, сырныққан, жылаған, өзин-өзи жубатқан (Т.Қайыпбергенов).