ШЕП
Қарақалпақша
ат. Сол каптал, тәреп, жақ.
Бүгин ол үйге әдеттегиден де кеўиллирек болып кирип келди.
Бул пайытлары анасы Қырмызы кемпир қос кепшикти шеп ийнине сүйеў етип, телевизор көрип отыр еди (М.Нызанов).
Ҳалықлап, еки ийнинен демин алып, гә оң, гә шеп аяғының ушынан басып, тыпыршылап тур.