ШАҚҚЫ
Қарақалпақша
ат. жүзи сабына қайырылып қойылатуғын пышақтың түри.
Әрепбай мүйиз саплы өткир пышағы менен қасқырдың тумсығынан баслап қарынның үсти менен қуйрығына шекем пуқталық пенен териниң басқа таманына зыян жеткизбеў ушын асықпай-албырамай кести де, пышағын Қайырға услатып, соң кисесинен пәкидей өткир шаққысын алып, қасқырдың терисин етинен ажырата баслады.