ШАЙЫР
Қарақалпақша
ат. 1. Қосық шығарыўшы, жазыўшы, қосықшы.
2. Ериктен, жийдеден ҳәм басқа да мийўе ағашынан шығатуғын жабысқақ зат, желим.
Айныған молланың ақыбети порхан я шайыр болады (К.Султанов).
... Колхоздың дәслепки артеллескен жыллары Ақдәрьяда қабасан Бердақ шайыр менен қаза шерик болып көлге шығады (К.Султанов).