ЧАЙ
Қарақалпақша
ат. 1. Жапырағы қуўратылғаннан кейин демлеп ишилетуғын қубла үлкелерде өсетуғын пута өсимлиги.
Чай плантациялары.
2. Усы өсимликтиң қуўратылып (кептирилип) майдаланып арнаўлы таярланылған, демлеп, ишилетуғын жапыракдары.
Бир демлем чай.
Ережеп бир метр ақ таўар, бир кило қант, еки жүз грамм чай, бир ет консервасын, бир балық консервасын алды (Т.Нажимов).
3. Аталған өсимликтиң арнаўлы түрде таярланылған жапырақларынан демленген хош ийисли, яғный жағымлы ишимлик.
Бир кесе чай.
Түски чайдың ўақты.
Ораз отыр Клараны ойнатып, Гүлжан жеңгей айланысқан чайына (И.Юсупов).
0 Сүтли чай — сүт қуйып таярланған чай.
Чай касық — чай ишиў ушын иеленген кишилеў металл қасық.
Чай пулы — а) майда-шүйделер алыў ушын жумсалатуғын аз муғдардағы пул.
— Мынаны чай пулы етиң, тақсыр, бул гәп екэўимиздиң арамызда усы жерде қалсын, ... (К.Султанов).
б) ислеген хызмети ушын берилетуғын хақы, мийнет хақы.
Ел қыдырдым он күн тамам, чай пулы мол түсти бизғе (Бердақ).
Чай-пай қайнатыў — чай ҳәм баска да аўқатлар таярлаў.
Сен үйинде бол-болма ғаррыңа чай-пай қайнатып, тамақ писирип берип жүрген өзлери (Ө.Хожаниязов).
Чай-пай ишиў — чай ҳәм басқа да тағамдарды ишиў.
Чай-пай ишип болған соң тамақ жен, екеў ара әңгимелесип, хәзлестик (Ө.Хожаниязов).
Чай демлеў — қайнатылған суўды чайникке чай салып демлеў.
Гүлбий кумғаннан чай демлеп, екеўинин ортасына дастурхан жайды да, әлле нени сылтаўлап, далаға шығып кетти (К.Султанов).
Чай қайнатым — чай қайнайтуғын аралық.
Үйде бир өзим қалып түрли-түрли ойға шүмдим, чай қайнатым ўақыт өтти, келмеди (Ө.Хожаниязов).
Чай үсти — чай ишип отырған ўақыт.
Мырзабек, сен машинаңды айда, қалған сөзди чай үстинде сөйлесермиз (Ө.Айжанов).
Чай-суўға араласыў — чай ҳәм басқа да аўқазлар таярлаўға кирисиў.
Салқын кейип пенен орнынан турып, чай-суўға араласты (К.Султанов).
Чай кетириў — а) чай демлеп әкелиў б) аўыс. тәўир қылыў, тәсир етиў, тарқатыў, жаздырыў.
Тағы қойды жемис пенен шекерин, Чай кетирди, курысқанын шекеңниң (Т.Сейтжанов).
Чай ишилиў, чай ишиў — демленген чайды ишиў.
Чай ишилди, қурыс кетти таралып, Полат дене қалды бираз нәр алып (Т.Сейтжанов).
Өз ойы тыным бермейди, Отырды Полат чай ишип, Гүллердиң басын тербейди, Самалы түнниң жай есип (Б.Қайыпназаров).
Чай усыныў — чайды ишиўге бериў.
Қудиярдың қасында отырған иниси Сабырбай қыз жеңгесин шақырып, бир кесе чайды усынып: — Айзадаға апарып бер, — деди (К.Султанов).
Чай суўыў — чай салқынланыў.
Жаңа ғана қолға алған кесениң чайы суўып, шети қалды сырланып,... (Т.Сейтжанов).
Чайға салыў — чайға басқа бир нәрсени салыў, араластырыў, қосыў.
Чайға салып ишетуғын еки пар лимон, ярым килограмм манларин алды (Ө.Айжанов).
Чай қалқас — чай менен қосып ишетуғын, желинетуғын басқа да тағамлар, аўкатлар.
Олар чай қалқасына зағара менен сөк жеп отырған екен (Ж.Аймурзаев).