ХРОМ I
Қарақалпақша
ат. хим.
Қатты еритпелер, бояўлар ҳәм тағы басқаларды таярлаўда қолланылатуғын гүмис сыяқты металл.
Хром қышқылы.
Булардан тысқары, оларда хром, литий ҳәм углеводород дөгерек-әтирапқа елеўли зыян келтиреди («ЕҚ» г.).
ат. Хром дузлары менен исленип таярланылған жумсақ, жылтыр жуқа тери.
Хромнан тигилген етик.
Хром етик.
Хром туфли.
Аяғында қара хром етиги жаңа майлатқандай жалт-жалт етеди (Т.Қайыпбергенов).