т.с. 1. Биреўдиң сөзин мақуллаў, таңданыў мәнисиндеги қолланылатуғын таңлақ сөз.
2. Яқшы, мақул, дурыс.
Хош, көптен бери дәрексиз жүрген аўылдың бир жигитлеринен хат келип бир жасап қалдық (Ө.Хожаниязов).
0 Хош ҳаўаз — ҳаўазлы, даўысы, жақсы, жүдә жағымлы даўыс, айтқыш.
Хош ҳаўазың тал жипектей суўдырап, Лапызындай шайқатылған қобыздың (Қ.Султанов).
Хош ийис — жақсы ийис.
Ол аўзын ашып, еснеп, хош ийисли азанғы ҳаўадан терең демин алды (А.Бекимбетов).
Хош болыў — мақул көриў.
Ал десе, хош болар кеўли молданың, Бер десе, тәрип етер ҳәмирин Алланың (Әжинияз).
Хош келиў — ўақтында келиў, жүдә жақсы келиў.
Хош келдиңиз, деди Айшагүл жақындасып қызларға (Ө.Хожаниязов).
Хош көриў — унатыў, жақсы көриў.
Егер кеўлиниз хош көрсе оны алып келемен,... (А.Бекимбетов).
Кеўли хош — йошлы, мәс.
Заўық етпеди залымдар кеўлимниң хошын, Жедик бәрҳа байдың дүмпишин, мушын (Әтеш).
Ўақты хош — жүдә кеўилли, жүдә мәс.
Рәўшанның оғада ўақты хош (Ж.Аймурзаев).
Хош қылықты — қуўанышлы, кеўилли.
Қәлем қаслы хош қылықлы нигарым, Зарығырян етти неге келмеди (Әжинияз).