ХАЛҚАС I
Қарақалпақша
ат. Суйық аўқатқа қосып ишилетуғын, желинетуғын түйирлик аўқат, тағам.
0 Шай халқас — шай ишиў, шай менен бирге бир нәрсе ишиў.
Шай халқас үстинде баяғы мәселеге қайта оралдық (М.Нызанов).
Азанғы шай халқасына Қаймақ қойып пал қасына, ... (И.Юсупов).