⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХАЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Күш-қуўат, шама, хал-жағдай, дәрман. Сен кеткен соң қыйын болып бизиң хал, қараңғыда келип тийди, бес көк жал («Қырқ қыз»). 2. Хал-жағдай, күн көрис, аўҳал. 3. Саўлық, турмыс. 0 Хал-жағдай, хал-жай — аўҳалы, турмысы. Хал-жағдай сорасыў узаққа созылмады (Ж.Аймурзаев). Қарамайды хал-жайыңа, Өлседағы урып басқа (Өтеш).