⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХАБАР

Қарақалпақша

ат. 1. Биреўге, бир нәрсеге яки бир хәдийсе хакқындағы мағлыўмат, жаңалық. Жақында пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының жетискенликлери хаққындағы хош хабарды еситип қуўандық («ЕҚ» г.). 2. Даңқ, атақ. Усы жасларына келип Гүлайым, Дүньяның жүзине түсти хабары («Қырқ қыз»). 3. Биреў тәрепинен тапсырылған, жеткерилген, жазылған хат. Ҳәр урыўға хабар салды, Қоңыр ат минип Майқы келди, ... (Бердақ). 4. Мақала, информация. Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы («ЕҚ» г.). 5. Қатнас, байланыс. Өрт пайда болғанда тезлик пенен «101» телефон номери арқалы өрт қәўипсизлигине хабар бериң («ЕҚ» г.). 6. Биреўдиң турмысы, жағдайы, халы хаққында. Республика ҳәм район басшылары болса, хәр жыл сайын аймақдарда мал қыслатыў мапазына таярлықтың барысы менен танысыў мақсетинде, олардың хал-жағдайынан хабар алып, шопанлар ушын керекли болған азық-аўқат, кийим-кенш ек ҳәм от-жем менен тәмийинлеў илажларын көреди («ЕҚ» г.). 7. Жар, даўырық. Қасына жаршы алсаң да, Жаханға хабар салсаң да, ... (Бердақ). 8. Бир нәрсе хаққында билиў, мағлыўматқа ие болыў. Хабарың бар дәўир көзқарасынан, Төбеңе нәзер сал тал арасынан! (И.Юсупов). 9. Дереги. Той хабарын еситип, Булар да келди бул тойға ... («Ер Зийўар»). 10. лингв. Гәптиң иеси хаққында қабар ететуғын қәм грамматикаға бағынатуғын бас бөлеги. 11. аўыс. Дурыслы анықтанбаған сөз, мыш-мыш гәплер. «Туўылар жаңа дала Дантелери», — Деген хабар бардай отырысында... (И.Юсупов). 0 Хабар-атар - мағлыўмат. Хабар-атар болмаў - дәрексиз, биймәлим. Үмит еткен жақсылықтан да хабар-атар болмай қалды (Қ.Ирманов). Хабар гәп - лингв. гәптиң хабарлы түри.