⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФОНТАН

Қарақалпақша

ат. 1. Күшли басымның жәрдеми менен трубадан жоқарыға қарай атлығып шығып туратуғын суў. Суў сэўип сүйгеннен сон фонтанда тур, Өскен гүлдин өкшесин суўға жуўып (Ж.Аймурзаев). 2. Суўдың атлығып шығыўын төмийинлейтуғын арнаўлы қурылыс, сооружение. Салқын суўға бетин жуўып, Келди Таня фонтан бетке (И.Юсупов). 3. Өз басымының тәсири менен жер астынан атлығып шығып турған суў, нефть, газ хәм тағы басқалар.