⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФИЗИКАЛЫҚ

Қарақалпақша

кел. Физика көринислерине байланыслы, физикаға тән, физика сыяқлы, физика менен байланыслы болған. Физикалық ҳәдийселер. Физикалық тәжирийбелер. Физикалық процесстер. Анимизмниң пайда болыўына байланыслы өлгеннен кейин физикалық өмир сүриўи биротала тоқталады (Х.Есбергенов). Бир неше рет отырып түргелип физикалық шынығыўларда иследи (Ә.Пахратдинов). 2. Адам организминдеги сыртқы кемшилик. 3. Қол күши менен исленетуғын, дене күши, булшық еттиң хызмети. Физикалық хызмет. Бул сырттан, тосыннан физикалық күшлердиң себебинен өлген емес. Сонда да олар денеге сырттан болған физикалық күшлердиң себебинен жәбирленип өлген деп гүманланбайды, олар басқа да бир нәрселерди ойлайды (Ә.Пахратдинов).