⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФИГУРА

Қарақалпақша

ат. 1. Гәудеңниң дүзилиси, кәдди-бойы, пишими, сын, сымбаты. 2. аўыс. Белгили бир нәрсениң тийкары, жетекши образ, белгили адам, ғайраткер киси. Қарақалпақ әдебияты тарийхында әдебиятқа үлес қосқан фигураның бири Сейфулғабит Мәжитов болып есапланады (Ә.Пахратдинов). Әжинияз Қосыбай улы карақалпақлардың XIX әсирдеги шайырларының ишинде ең үлкен фигураға ийе (Қ.Айымбетов). 3. сп. Шахмат ойынындағы ат, король, пил ҳәм т.б. 4. әд. Сөйлегенде аўыспалы мәниде қолланылатуғын сөзлер. Риторикалық фигура. 6. сп. Гимнастика хәм усы сыяқылардағы форма, көринис, түрли қозғалыс жасаў. 7. көрк.ө. Адамның ямаса хайўанлардың сүўрети. 8. ав. Самолёттың хаўада түрли формада ушыўы. 9. карт. Карта ойынындағы гүлдәсте, найза х.т.б.