⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФЕРМА I

Қарақалпақша

ат. 1. Колхоз хәм совхоздың аўыл хожалығының белгили бир тараў менен шуғылланыўшы шарўашылық бөлими, хожалық. Оқыў басланғанша совхоздың фермасына барып жәрдемлесетуғын болдық (Ө.Хожанов). Өз қолынан салды Жуман, Ферма ушын талай жайлар (Н.Жапақов). Он бес жылдан асламырак, фермада мен жылқы бақтым (Н.Жапақов). 2. Капиталистлик еллердеги өз жеринен яки арендаға, яғный пайына алынған жердеги жеке хожалық.