⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФАЗА

Қарақалпақша

ат. 1. Қандай да бир қубылыстың, қәдийсениң ямаса процесстиң раўажланыўындағы дәўир, басқыш, мүддет, ўақыт. Карадринаның аўқатланыў режими тек ғана оның раўажланыў фазаларына тәсир етип қоймастан, оның барлық жағдайларына мүмкиншилик береди (В.И.Ганский, Г.Ш.Шамуратов). 2. астр. Қандай да бир нәрсениң шегиниң ямаса жағдайының ҳәрекетиниң өзгериўиндеги айырым жағдайы, ўақыты, дәўири. Маятниктиң тербелиў фазасы. 3. хим. Бир нәрсениң биргеликли жағдайы. Суйық фаза. 4. тех.эл. Генератордағы сым ораўының айырым топары ҳәм оған оралған электр сымлары.