УЛЛЫ
Қарақалпақша
кел. 1. Үлкен, зор, күшли.
Халық деген бир уллы күш (С.Хожаниязов).
2. Кен пайтахт.
Уллы атақлы, даңқлы болыў.
Адам болып уллы атақ алмаға, Есигинде үйир-үйир мал керек (Бердақ).
3. Ер балалы.
Уллы ис — әҳмийетли, пайдалы жумыс.
Уллы мәртебе — аты шығыў, жақсы атлы болыў, даңқы көтерилиў.
Олар қызды ханға берип, уллы мәртебеге ийе болыўға умтылады (З.Насуруллаева).
Уллы сәске — түске жақынлаған ўақыт.
Уллы сәскеде оянып көзин ашса жер бети аппақ қарға малыныпты (К.Султанов).
Уллы болыў: а) дәрежели болыў, мәртебели болыў; б) ер балалы болыў.
Өзбек жасында үйленди.
Он бесинде уллы болды (Бердақ).