УЙЫМ
Қарақалпақша
ат. 1. Мәмлекетлик яки жәмийетлик шөлкем.
Бүғинги күни мәхәллениң қурамына мәмлекетлик уйымлар киргизилмекте («ЕҚ» ғ.).
2. Белгили мақсет жолына апаратуғын адамлардың топары.
Жас-үлкен шақырып жасап уйымды, Көпшилик арқалы шешип түйинди (А.Дабылов).