УЗАТЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қол созыў, бериў, услатыў.
Ол қолын Ерназарға узатып сәлем берди (К.Султанов).
2. Қызды турмыска шығарыў, күйеўге бериў.
Ержанның қарындасын узатып жибериў бийдин мойныңда (К.Султанов).
3. Биреўди шығарыў, жолға шығарып салыў, жибериў, атландырыў.
Оны узатып салыў ушын гүллән бийлер атланды (Т.Қайыпбергенов).