⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

УЎЫЗДАЙ

Қарақалпақша

кел. 1. Уўызға усаған, уўыз сыяклы. 2. аўыс. Баладай, нәрестедей. Камалына келмеген мына уўыздай жас жигиттин меннен де дәртли болыўына қара (Ө.Хожаниязов). 0 Уўыздай дене — жас, сүйеги қатпаған. Уўыздайын денеге, Ашшы қамшы тийген соң, Жадыгердей жас бала, Шырқырап үйге киреди («Алпамыс»). Уўыздай уйыў — аўызбиршиликли болыў. Урыстан бурын қандай уўыздай уйып отыр едик (Ө.Хожаниязов).