ТӨРКИН
Қарақалпақша
ат. 1. Күйеўге шыққан қыздың туўған-туўысқаны, ел-журты.
Нуржамалдың төркини бир тапқаны бир тапқанына жетпеген аш-жалаңаш еди (К.Султанов).
Төркини менен тамырды, Бир қатар бәрин шақырды (А.Дабылов).
2. аўыс. Түпки негизи, түп мәниси.
Әбдирейим сөздиң төркинине түсинбеди (К.Досанов).
Бул сөзлердиң төркининде хақыйқатлық бар еди (К.Кәримов).