⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘРИЙИП

Қарақалпақша

ат. Даңқ, атақ, хабар. Тәрийпиңди сорап өткен кеткеннен, Сени бир көриўди әрман еткенмен (И.Юсупов). Ала қус тәрийипи журтка жайылды, Сонындай зәбердес бизиң ала қус (Әжинияз). 0 Тәрийип етиў - а) хабарлаў, хабар етиў. б) сүўретлеў, сыпатлаў. Сол маманы сенлерге тәрийип етемен («Алпамыс»). Сениң шадлы заманыңды, Тынбай тәрийип етиў ушын, Шайырының қосығында, Жүреги де шын арналған (И.Юсупов).