ТӘРЕПДАР
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсени, тәрепти қоллап-қуўатлаўшы, жақлаўшы.
Шамурат та тез көшиўдин тәрепдары болды (К.Досанов).
Буның мәниси: келин-күйэўдиң (жас шаңаракта) келиспеўшилик шығып қалса, мурындық ата-ене олардың биреўине тәрепдар болып қалмаўы керек (Ш.Алламуратова).
2. Бир хәрекетти қоллаўшы.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине партия электораты, тәрепдар ҳәм белсендилер тәрепинен усыныс етилген Мақсуда Ворисова партияның қурылтайында көрип шығыў ушын талабан сыпатында көрсетилди (Г.Бобаева).
3. Белгили бир көзқарас, идея тәлийматты жақлаўшы, қорғаўшы, мақуллаўшы.
Бул жерде ойлаў искерлиги ең алды менен ҳәр бир мотивке «қарсы» яки «тәрепдар» екенлигин дәлелдеп, тийкарлаўдан ибарат болады (Интернет мағлыўматлары).