⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘРЕЗИ I

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсениң салмағын анықлайтуғын өлшеўши әсбап, қурал. Халық табысы тәрезини бассын деп, Ўатан байып, ел абаданлассын деп (И.Юсупов). Ҳаял ериншеклик пенен орнынан турып, еки қаўынды тәрезиге тартты (М.Нызанов). 2. Өлшем, көрсеткиш. Жасасын адам өлшейтуғын Халықтың қабақ тәрезиси (И.Юсупов). Уллы Өзбекстан қырманларында, Абырай өлшейтуғын тәрезимбисең? (И.Юсупов). 0 Тәрезиге салыў — ойлап көриў, сынаў, салыстырыў. Оларға деген қатнасымды тәрезиге салдым (Интернет мағлыўматлары). Тәрезиси басым — абырайлы, мәртебели. Әдилликтиң тәрезиси басым ба? (Интернет мағлыўматлары).