ТӘРБИЯЛАЎШЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бағытта өнер-билим, тәлим-тәрбия берип асыраўшы, өсириўши, сақлаўшы, үйретиўши, кәмалға келтириўши адам.
Жасларды ҳадаллыққа, кеңпейилликке, жақсылыққа, мийнет сүйиўшиликке, билимли болыўға, кишипейилликке, сыйласықлы болыўға тәрбиялаўшы усындай шығармаларды үзликсиз тәлим системасында үйрениў мәмлекетимизде мәнаўияттың раўажланыўында үлкен үлес қосады деп ойлаймыз («Қарақалпақ әдебияты» г.).
2. Тәрбия берип қараўшы, өсириўши, күтиўши.
Алдында отырған мына адам оған жаңа өмирдин бағманы сыяқлы болып сезилди, өзи бир бағқа кирип, бул отағасы сол бағдың тәрбиялаўшысы сыпатында сезилип тур (Ө.Айжанов).