⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘРБИЯ

Қарақалпақша

ат. Адамның жәмийетлик турмыс қәлиплестиретуғын, үйрететуғын минез-қулқы менен үрдиси. Усы тәрбияны көргеннен кейин өзим де таза жүриўге тырыстым (М.Нызанов). 0 Тәрбиясында болыў — бирэўдиң тәрбиясын көриў. Тәрбия көрген — әдепли, ийбели. Тәрбия көрмеген — әдепсиз, қәсийетсиз, жаман. Тәрбия ошағы — тәлим-тәрбия көрсететуғын орын. Буннан басқа да илаж даўамында жасларға шаңарақ бул үлкен тәрбия ошағы екенлиги, шаңарақ курыўдың жуўапкершилиги хаккында да түсиник берип өтилди (Интернет мағлыўматы). Тәрбия сабағы — мектеплерде оқыўшыларға өтилетуғын сабақ. Оған ҳәр жақтан тымсаллап, керек болса ата-ананың ҳүрмети қаққында рәўиятлар айтып берип тәрбия сабағын өтесең (М.Нызанов).