⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘЖИРИЙБЕ

Қарақалпақша

ат. Белгили бир исти мудамы ислеў, машқы өтиў нәтийжесинде пайда болған жумыс усылы. Дүнья жарыспақ қыйқыўды, Билим көңилге тоқыўды. Тәжирийбе де бир оқыўды, Алға өрлеп асып турар (С.Мәжитов). Көп миллеттиң балаларын бир қосқан, Устаның бул иси уллы тәжирийбе (А.Дабылов). Мен Оксананы тексериўши емес, тәжирийбе өткериўге келгенин айтайын деп турдым да, буның ушын бәрибир екенин ойладым да, еситпегенге алдым (М.Нызанов). Ол тәжирийбе топлаў жолында түрли мәмлекетлерди аралайды (М.Нызанов). Жасы үлкенлердиң тәжирийбесине әмел қылып, хәр мукдмнан тымсал келтирип көрдим (М.Нызанов).