⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘЖЖАЛ

Қарақалпақша

ат. 1. дин. с. Мусылман мифологиясында ақыр заман болғанда шығатуғын қыялый түсиникти билдиретуғын макдуқ, айдарҳа. Бул нағыз ахырдың нышаны — тәжжал (И.Юсупов). 2. аўыс. дин. с. Зулым, залым. Ханлар халық ушын шыққан тәжжал болды ғой (М.Дәрибаев). 3. аўыс. дин. с. Апат, қырғын. Хорезмниң елине, шетинен тәжжал дарыған («Қырқ қыз»). Күн көрмеген қызлары, Дарыдыма тәжжалдан деп, Терезеден қарады («Мәспатша»).