⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘБИЯ

Қарақалпақша

кел. Жақын, тән, дәрек, кеўиллес. Журт аўылма-аўыл ҳәрким өзине тәбия адамлар ийин қосысып отырды (С.Хожаниязов). Хәр бир аўылда бир дүркин болып өскен жигиттиң де, қыздың да өзине тәбия тартып, баўыр басатуғын қурдасы болады (К.Султанов). 0 Өзине тәбия қатар — қурбылары менен келди (Т.Қайыпбергенов). Ол бизге тәбия адам — бизге жақын адам, бизге бейим, биз тәрептеги.