⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘБИЙИЙ

Қарақалпақша

кел. 1. Ҳақыйқый, жасалмады емес, заңды, нызамлы, тәбияттын өзинде бар. Ҳәрбир ағаштың өзине ылайық тәбийий көрки, мийринди қандыратуғын пайызы бар (А.Бекимбетов). 2. Таза, қоспасыз. Райондағы «Жылтырбас», «Судочье», хәм «Рыбаче» тәбийий суў ҳәўизлери турақлы пайдаланыў ушын берилди (Интернет мағлыўматлары). 0 Тәбийий газ — химиялық курамы менен физикалық қәсийетлери жағынан хәр түрли болып, геологиялық хәм геохимиялық жағдайларда ушырасатуғын газлардың улыўма атамасы. Бундай кеўилсиз жағдайлардың көпшилиги көмир, тәбийий газ хәм басқада жаныўчы затлардың толық жанбаўы себебинен жүзеге келмекте (А.Сейтова).