ТҮСИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Машинаға ямаса бир нәрсеге тийелген ямаса көликтиң үстинде турған затларды, адамды жерге алып қойыў, таслаў.
Оразгүлдиң үйине жақындағанда мени аттан түсирди (Ж.Аймурзаев).
Ақырғы төгинди түсирип болыўға жақындаған еди, шыдап тура алмай өзи де жәрдемге барды (Ө.Айжанов).
2. Қалдырыў, таслаў.
3. Ҳүрмет тахтасынан көзин жаздырмай усы минезлерин есине түсирип турған Сапар енди Жәмийлаға бурылғанда, есик тарс етип ашылды (К.Султанов).