ТҮСИЎ
Қарақалпақша
ф. Заттың жоғарыдан төмен барып жерге ямаса басқа бир нәрсеге тирелиўи, келиўи, тоқтаўы.
Аспаннан не түспейди, жер нени көтермейди (ққ.
х.н.).
0 Қыс түсиў — қыс болыў, қыс келиў.
Суўға түсиў — а) суўдан жүриў, кешиў.
б) жуўыныў, шомылыў.
Көзге түсиў — белгили бир қәсиети менен атағы шығыў, мәлим болыў, көриниў.
Мийрими түсиў — жаны ашыў, аяу.
Еңсеси түсиў — мәниси қашыў, сүмирейиў, қапаланыў.
Жүреги орнына түсиў — кеўили жай табыў, қорқыныштан қутылыў.
Қақпанға түсиў — а) қақпанға усланыў, тутылыў.
б) аўыс. алданыў, усланып қалыў.
Талаўға түсиў — бар-жоғынан айырылып қалыў.
Изине түсиў — қуўдалаў.
Шық түсиў — түнге қарай өсимликтиң үсти ләмлениў.
Келин түсиў — турмысқа шыққан қыздың күйеўиниң үйине келиўи.
Тутқынға түсиў — қамаўға алыныў.
Сүўретке түсиў — заттың көринисин өзинен айнытпай фотоаппарат арқалы қағазға түсириў.
Сәти түсиў — оңайы келиў.
Ымырт түсиў — геўгим түсиў, күн батып тас қарайыў.
Еске түсиў — бир нәрсени көз алдына келтириў, ойына алыў.