⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТҮПСИЗ

Қарақалпақша

кел. 1. Тесик, жыртық. Түпсиз шелек. 2. аўыс. Терен шүңгил, шуңқыр. Оның қас-кирпиклери жамғырлы, найзағайлы бултлардан жаратылған болып, бултлар еглениўди билмей көшер еди, ал көзлериниң орнында түпсиз көк-көмбек океан толқынлары шуўылдап жартасларға келип урылып атты (К.Кәримов). Қырқ кулаш түпсиз зинданға апарып таслатты («Қырқ қыз»). 3. аўыс. Ойланбайтуғын, ойсыз, турпайы.