ТУМАР
Қарақалпақша
ат. дин. с. 1. Диний түсиник бойынша көз тиймеў ушын молланың жазып берген дуўасын ишине салып қойыўға арналған, мыстан, гүмистен домалақ етип иеленген зат ҳәм үш мүйешли етип (таўардан), гезлемеден тигилип, кийимниң қупия жерине тигип, тағып жүретуғын зат.
2. Ҳаял-қызлардың кийим үстинен мойынға яки желкеге асып, қолтыққа түсирип жүретуғын заты.
0 Тумар — үш мүйешли дуўа жазылған хат.
Атларының мойны тумарлы келген (Бердақ).