ТОҚЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Нағыслаў, кестелеў, торлаў.
2. Бир затты тайын етиў, таярлаў, ислеў.
Жүннен тоқылған ала қаптың қапталында саз ылайдан үшпелек соғып отырған баласына жекиринди (К.Султанов).
3. Өриў, дизиў.
Егин орыў, қамыс тоқыў, пишен жыйнаў, шыпта, ший тоқыў — бәрин де қылдың (К.Ирманов).
4. аўыс. Ядында услаў, билиў, сақлаў, ағарыў, үйрениў, айырыў.
Қолында қағазы қойнында дөптери, Жоқ, бәринде мийинде тоқыпты заңғар (Ө.Айжанов).
5. аўыс. Есапқа алыў, дизиў.