ТОҚСАН II
Қарақалпақша
сан.
Сексен менен жүздиң арасындағы онлық сан.
Тоқсан кило ҳасыл алды, Ярым қуты пилледен (Т.Сейтжанов).
0 Тоқсан баслы — аўыс. Тоқсан уўық.
Тоқсан баслы ақ орда, Үй сеники яр-яр (ққ.х.қ;с.ж.).
Тоқсан кириў ф. Тоқсан түсиў ф. Тоқсан кило ат. Өлшем бирлиги.
Тоқсан бир сан.
Тоқсаныншы қатарлық сан.