⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТОҚСАН I

Қарақалпақша

ат. Қыстық суўық мәўсими, төрт мәўсимниң бири. Жаздың күни болғанда, Тоқсан түсти жаўды қар («Қырқ қыз»). 0 Қыс тоқсан — қыстың суўық айлары, мәўсими. Мыс қазандай қайнағанда Саражан, Берилмей ме қыс тоқсанның сазайы (И.Юсупов). Ҳәр наз еткенде қыс тоқсанды жаз етер (ққ.х.н.). Тоқсан кириў — қыс кириў, суўық түсиў, қыстың басланыўы.