ТОҚ
Қарақалпақша
кел. 1. Ишетуғыны, жейтуғыны, кийетуғыны ҳәм басқа да керекли затлары мол, аўқатлы адам.
Аш адам не жемейди, Тоқ адам не демейди (ққ.ҳ.н.).
Бекпанның балаларының тамағы тоқ ғой, олардың бизлердей кәйғысы жоқ ғой.
2. Аўқатланған, нәрленген, тамағы тойған.
Наз бедеўлер жуўыра алмас тоғынан, Кудайым сақлагай жалын шоғынан («Мәспатша»).
0 Тоқ етерин айты — гәпти созбай, болар жерин айтыў.
Тоқ етерин айт, шырағым? Ол муғаллим менен гәплесип отырып, гәптиң тоқ етерин айтты (Ө.Айжанов).
Тоқ-тоқ, тоқ-тоқ еткизиў, тоқ ишек, тоқ турмыс, тоқ қарын.