⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТОР

Қарақалпақша

ат. 1. Қерегениң көзиндей етип тоқылып иеленген зат. Урыстың қытгершилик жыллары ғой, бир сүйем тор бир келеп жипектей қәдирли! (К.Султанов). Мурат үш қырғаўылды торға салып алды (Ж.Аймурзаев). 2. аўыс. Балық, қус хәм басқа да нәрселерди аўлаў ушын тоқылған зат, аў. Ер жаңылып қолға түседи, Қус жаңылып торға түседи (ққ.х.н.).