ТОПАР
Қарақалпақша
ат. 1. Жыйын, шоқ, топ.
Балалардың бир топары дүмшелери менен суў әкелип, отқа басып атыр (Т.Қайыпбергенов).
Фазыл бир аўылға барып, болыс-ақсақалларға наразы болып атырған бир топар жигитлердиң үстинен шықты (Қ.Ирманов).
...Көп узамай бир топар адамлар 1916-жылдың 8-январында Хожели қаласының аймағындағы қала хәкими Әўезжан бийдиң хәўлисине жыйналады (А.Султанов).
2. Тәреп, группа.
Гүлайымдай батырдың, Көбейди әбден топары («Қырқ қыз»).