ТОЛЫҚСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Кеўли көтерилиў, шадланыў, мәўиж урыў.
Карточка табылған мәхәлде, Жәмийла толықсып кетти (Ө.Айжанов).
Жүз тоқсанлық жорғадай, Толықып ойнап барады («Алпамыс»).
Толықсып аққан суў — суўдың толып, бурқасынлап ағыўы.
Толықсып аққан суў бәхәрде, жазда кәнарына сыймай еки жағасынан асырылып ағып, тармақ-тармақ бир неше өзеклерге бөлинеди (К.Султанов).
Толықсып аққан дәрьядай — дәрьяның толып ағыўы, бурқасынлаўы.
Толықсып аққан дәрьядай, жүз тоқсанлық жорғадай («Алпамыс»).