⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТОЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсениң иши затка толы болыўы. Оның бир өжиреси китапқа толды (Ж.Аймурзаев). 2. Йошланыў, жетилиў, ырза болыў. 3. аўыс. Белгили бир жасқа толыў, шығыў, есейиў, жетилиў, үлкейиў, камалына келиў. Айтбайдың баласының жасы жетиге толып мектепке оқыўға барды. («Жеткиншек» г.). Көкиреги шерге толыў — дәрт болыў, қайғыланыў, қапаланыў. Нурекең өз қолы менен курысқан колхозын ойлағанда, көкиреги шерге толды (Ө.Айжанов). Кеўил толыў — қайыл болыў, куўаныў. Кеўлим толып бир сезимге, Сүўрет турған жерге бардым (И.Юсупов). Кеўли толып мәккелерди аралап, Гүлзийрасы мыйық тартты күлимлеп (Т.Сейтжанов). Толып-тасып — а) оғада көбейиў, тасыў. Әмиўдәрья толып-тасып ақса да, Бойында отырып шөллеген едик (И.Юсупов), б) кеўиллениў, жигерлениў, йошланыў. Әмиўдәрья толып тасқан, Мол ғәзийнеге тилегим бар (И.Юсупов). Ел күшине ырза болып, Толып-тастым қуўанғанда (Ж.Аймурзаев).