⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТОВАР

Қарақалпақша

ат. Сатыўға, сатып алыўға, алмастырыўға болатуғын, өзиниң белгили қуны, бақасы бар зат, мийнет өними. Бир күни сатылып атырған товарлардан түскен пуллар менен қызыққан Джон сайтқа кирип еди, соңғы бир неше күн ишинде дүкәнның есап бетине түскен пуллардың тек ғана бир неше доллар екенлигин көрип, Кэти менен сөйлесиўге асықты (К.Кәримов). Мынаў берген товарын жуўдырып тиктир (Ж.Аймурзаев). Товар экономикалық категория ретинде капитализм жойылғаннан кейин де, социализм тусында да сақлана береди (Сияс. сөзлик).