ТИНТУ
Қарақалпақша
ф. Излеў, қараў.
Усы ўақытта Есенгелди жетип келди, жасаўыл үйме-үй тинтип киятыр (К.Султанов).
Бизлер барған аўылды түнде нөкерлер тинтти (Қ.Досанов).
0 Тинтип қараў — тумлы-тусты қалдырмай қарап шығыў, излеў.
Ҳәр күни немең солдатлары еки-үш рет үйди тинтип қарап кетеди (Қ.Жуманиязов).