ТИЛСИМ
Қарақалпақша
ат. 1. Сыйқыр, сырлы, астыртын сыр.
Қулласы Джонды китаптың тилсими өз қушағына сондай етип тартқан еди, оқыған сайын әтирапқа, өмирге болған бийперўалықтың орнын қызығўышлық пенен хәўес әстелик пенен болса да ийелеп алмақта еди (К.Кәримов).
Ҳәр биреўге тилсим кести, Ҳәр биреўлер етип бести (Әтеш).
2. аўыс. Ҳәрқандай сырлы нәрсе.