⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТИЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Адамлардың бир-бири менен қатнас жасайтығын, пикир алысып өз ара түсинисетуғын қатнас қуралы. Жағым сиресип, тилим гүрмеўге келмей, сылқ етип қулағанымда, басымның аўырғанын сездим (Ж.Аймурзаев). 2. Жанлы-жаныўарлардың дәм билдиретуғын, сес шығаратуғын бир организми, мүшеси. Басты бөлистиргенде төрт кемпирдиң биреўинин шегине қашардың тили түсипти (Қ.Айымбетов). 3. аўыс. Ҳәр бир халықтың миллий гили. Оқыў мүддетинде ол рус тили менен айрықша шуғылланды (А.Султанов). 4. аўыс. Бир нәрсениң сыры, тетиги. Истиң тилин еркин түсине, Арқалықлар қолда жарқырар (Ш.Мәмбетмуратов). 5. аўыс. Сааттың ўақыты (минутын, саатын) көрсетип туратығын көрсеткиш. Сарсыла күткеним соншелли, илиўли турған саатқа қайта-қайта қарайман, оның тили бир орыннан қозғалмағандай көринеди (Ө.Айжанов). 0 Тили шығыў — сөйлеў, ғәпти сөйлеўди үйрениў. Соңын ала ол да сөйлейтуғын болды, кем-кемнен тили шықты (Ө.Хожаниязов). Тил алу — өтиништи орынламаў, айтқанды тыңламаў, қылмаў ислемеў. Билгенлерден жөн сора, Нәмәрттиң тилин алма («Мәспатша»). Көрдиң бе, анасының тилин алмай жүргенин? (Т.Қайыпбергенов). Тил қатпаў — үндемеў, сөйлемеў. Әллен ўақытқа шекем сазарып, ҳеш қайсысы тил қатпады (К.Султанов). Тилге ериў — биреўдин сөзине исениў, көниў, инаныў. Шуғыл сөзден қолындағы қызың да тилге ереди (К.Султанов). Тилден қалыў — а) сөйлеў уқыбынан айырылыў, сөйлей алмаў. Ол гүң адамдай сөйлесе алмай тилден қалды (А.Бекимбетов). б) аўырыўы қатты болып естен таныў. Тили келмеў — а) айта алмаў, сөйлеўден қалыў. Тилимиз келмей, қазыдан неше рет таяқ жегенбиз (С.Хожаниязов). б) аўырыўдан тәўир болмаў, дүзелмеў.