ТИЙКАР
Қарақалпақша
ат. Белгили бир нәрсениң түп-тамыры болатуғын ишки мазмун, баслы белги, негиз, уйытқы.
Караматдинди көп жибергиси келди де, сөздиң тийкарын басла дегендей болды (Ж.Аймурзаев).
Усы жуўмақтың тийкарында Пүткилаўқамлық Орайлық комитетиниң Орта Азия бюросы 1926-жылдың 14-декабринде өз мәжилисинде Досназаров ҳаққындағы мәселени додалап, қарар қабыл етти (А.Султанов).
Тийкары ат. Бир нәрсениң негизи, тийкарғысы.