⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕҢЛЕС

Қарақалпақша

кел. 1. Жас жағынан қатар, курбы. Мукаррама достымыздың да қосықларынан теңлес курбы-курдасларына қарағанда дүньяға көзқарасы әдеўир жоқарылап кеткенлигин билиў қыйын емес (М.Мәмбетниязова). Мениң менен теңлес жасларды көрсем жүдә ҳәўесим келеди өзи таңдаған кәсибин ийелеп, ғәрезсиз ана диярына өз үлеслерин қосып атыр (С.Авезов). 2. Тең бола алатуғындай, бирдей, уқсас, дәрежелес. Ултым уллыларға болсын деп теңлес, Урпаққа үнлеў салдың, Аллаяр баба! (А.Сейтеков). Байбөри, Байсары деген еки теңлес бай болып, булар дүньяға келди («Алпамыс»).