ТЕҢИЗ
Қарақалпақша
ат. Жән-жағы қурғақлық пенен тутасқан үлкен көлемли суў.
Қара суўық қысты елди, Булт басып теңиз көлди (Бердақ).
0 Теңиз авиациясы — бир қатар мәмлекетлердеги әскерий теңиз флоты күшиниң түри.
Көплеген мәмлекетлердиң әскерий теңиз флотында теңиз авиациясының қурамына ракеталық, қайыққа қарсы қолланылатын бузыўшы әм барлаўшы арнаўлы авиация киреди (Интернет мағлыўматлары).
Теңиз алабуғасы — теңизде тиришилик етиўши қызыл түсти, көзи үлкен алабуға.
Атлантика океаны менен Тыныш океанның қубла бөлегинде қызыл түсти көзи үлкен теңиз алабуғасы тиришилик етеди (Интернет мағлыўматлары).
Теңиз балдыры — теңиз суўында жақғылық түсип туратын тереңликте өсетин өсимлик.
Теңиз геодезиясы — геодезияның теңиздеги илимий әм пайдалы геодезиялық тәреплерин зертлейтин тараўы.
Теңиз геоморфологиясы — океан пенен теңиз ултанының қурылысын әм раўажланыўын зертлейтин илим.
Теңиз жағалаўы — теңиздиң шети.
ТОЛҚЫнларЫ Теңиз толқынлары — теңиз суўының тербелиўи.
Сүмелекте теңиз толқынларының көриниси пайда болды (Интернет мағлыўматлары).