ТЕТИК I
Қарақалпақша
ат. 1. Техникалық қурал әсбаптың, механизмниң бир бөлеги, соны жүргизип басқарып туратуғын шешиўши бир бөлеги, түйини.
Тоқтаған мотордың тетигин таўып дүзетти де, машинаға ход берип жиберди (Ж.Аймурзаев).
2. Истиң, хәрекеттиң ямаса бир нәрсениң негизи, сыры, шешиўши тийкары.
Тетигин билип айдаған, Ержигит пенен мәрт қызлар (Б.Қайыпназаров).